ЖАНСАЯ БИЙБИМӘРЬЯМ УТАМБЕТОВА🍃🍃:
МАҒАНДА ЕМЕС
Муҳаббат бул….мегзейди өртке,
Жалыны шарпыса, тийисли көпке.
Кейнинде айралық, айланса дәртке,
Болмағыр сағанда, мағанда емес…
Өртенер өзегиң, қайнар жүрегиң,
Қол жетпей қалғанда болмай тилегиң.
Сайлап сынап елеп берер елегин,
Турмыс тек сағанда мағанда емес…
Муҳаббат не өзи? ҳеш ким аңғармас,
Бир қыял жаслықта еткендей талўас.
Анық ашықлық тек жүрекке муңлас,
Берилмес сағанда, мағанда емес…
Тек өзи таңлаўға болған минәсип,
Қос жүрек турады гүлдей жарасып.
Муҳаббат қаўын емес алар таласып,
Несийби сағанда, мағанда емес…
Жансая (Бийбимәрьям )
Утамбетова.
ИНСАП БЕР
Эй ағынлы дәрья мәўжирип аққан,
Қанша тасысаң да гейде бир тап бер.
Ҳәммеге жетерли кең әлем дүнья,
Иши қараларға өзиң инсап бер !…
Қызғаныш отлары бунша аздырған,
Жақсыларға сайла уллы мәнсап бер.
Болсадағы көйлек бурын тоздырған,
Қыялына жақсылық бер инсап бер !…
Ҳеш адамның ҳеш кимнен жоқ ғәрези,
Бар күшиңди қәлбиңе түй жумсап кел.
Сениң ушын халқым өзи тәрези,
Жасап атқан адамларға инсап бер !…
Биразы биледи сезеди буны,
Адам болсаң ҳадаллықты қумсап кел.
Мойнында гүндели, өсектиң қулы,
Эй Аллаҳым сондайларға инсап бер !…
Кеше дос тутынған бугин душпаның,
Сыртынан бир қара, соған сын сап бер.
Көре алмаслар сулыў қустың ушқанын,
Байғуслардың жүрегине инсап бер…
Муҳаббатын Ўатаным деп арнаса,
Саған бир ыразы болар ана жер.
Адам ушын жыллы сөзи болмаса,
Тилеклерим сондайларға инсап бер !…
Нийетиң пәк болса, жайнайды әлем,
Оны алтын менен сылап сырлап кел.
Жазғанлар түспесин қолыңнан қәлем,
Сада илҳәмларға өзиң инсап бер !…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова.
“КИМЛЕР ЖЫЛАП ЖАСАЙДЫ КИМЛЕР КҮЛИП”
Дүнья әзелденде солай жаралған,
Өмир өтеберер баўрыңды тилип.
Жарыққа шыққанның бәри бир емес,
Кимлер жылап жасар ал кимлер күлип…
Биреўлер жасап жүр бағы дәўлетли,
Жүрискен ислери табыс әўметли.
Абырай әмел бар даңқы шәўкетли,
Кимлер жылап жасайды кими күлип…
Тағдийир бул ажыратар берип баҳасын,
Ҳәр кимге ылайық көрип шамасын.
Көрип атырмызғой өмир таласын,
Кимлер жылап жасайды кимлер күлип…
Биреўге жетпейди ертеңги күнге,
Аўыр дәрт берилген және бир кимге.
Тек иштен жылайды шықпас үниңде,
Кимлер жылап жасайды кимлер күлип…
Наўқаслар дәриге пулын табалмай,
Керекли азығын сатып алалмай.
Мереке мейилиске де сирә баралмай,
Кимлер жылап жасайды кимлер күлип…
Биреўлер нурлары жүзинде қалқып,
Несийбе берилген оларда артық.
Көринген пул болса баўрына тартып,
Кимлер жылап жасайды кимлер күлип…
Тек ғана шүкирлик олда барын айт,
Кимде кеўил кеңин кимде тарын айт.
Тек ғана Аллаға аҳыў зарың айт,
Кимлер жылап жасар кимлер күлип…
Жансая (Бийбимәрям)Утамбетова…
18~ Май 2023 ~жыл.
Архивтен
Күнниң темасына:
ИНСАН ҲӘМ ЎАҚЫТ
Ўақыт зымырайды тутқыш берместен.
Балалық қалгандай көзге илместен…
Балалық қалғандай көзге илместен,
Қыңырлық, шатақлық салған күнлерим.
Күн батсада тоймай үйге кирместен,
Ҳәзирги балларда қандай билмедим…
Ҳәзирги балларда қандай билмедим,
Шаң тийдирмес. батпақлардан кештирмес,
Топыраққа аўнағанын көрмедим,
Таза кийимлери ҳасла ескирмес…
Таза кийимлери ҳасла ескирмес,
Алдындағы апасыникин киймейди.
Үй – үй соғып отырмайды торпақта,
Патаслықты жаны ҳеште сүймейди…
Патаслықты ҳеште жаны сүймейди,
Қайта – қайта шомылыўда жақпайды.
Жан – тәнинде шүлдир – шүлдир сөйлейди,
Телефоннан басқа затқа бақпайды…
Мениң балалығым өсти далада,
Қумларда ойнадым кешип дизеден.
Қум пайдалы деп айтады балаға,
Тери кесели жоқ соннан сеземен…
Тери кесели жоқ соннан сеземен,
Инсан сол топырақтан жаралған дейди.
Сулыўлықты соннан шығар безеген,
Деген ойлар гейде мийимди жейди…
Деген ойлар гейде мийимди жейди,
Умытылмас балалықта шадлықлар.
Ўақыт инсан ушын сынаўда екен,
Демде өткен ойнап атыр ақлықлар…
Демде өткен ойнап атыр ақлықлар,
Сырға толы ирке алмайсаң ўақытты.
Кеше бала барар бүгин жуплықлар,
Қолым жайып мен тиледим бахытты…
Өмир демде көрсетеди кәрамат,
Сен ўақытты алалмайсаң жылаўлап…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова…
ЖАН БАЛАМ
Ақ мамыққа оралып,
Шийрин түслер көресең.
Жарық дүнья көргенге,
Қуўанасаң еле сен…
Ана меҳрин қабыллап,
Саған либас кийгизер.
Шын уйқыда жатқанда,
Периштеге сүйгизер…
Тек өзиңе аяндай,
Қандай түслер көргениң,
Сүйсиндирер жан балам,
Уйықлап жатып күлгениң…
Анажаның сен ушын,
Жаны тәнин арнаған.
Қәдирлисең мен ушын,
Азамат бол жан балам!…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова…
#Таңлаў ушын
# Конкурсқа
АНАЖАНЫМ КӨЗЛЕРИҢДЕ БИР СЫР БАР
Әжимленген жүзлериңе қарасам,
Мийрим көзиң менен қарап турасаң ….
Өткен күнди айтпайсаң аў сорасам,
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Жаслайыңнан қостарыңды жойттың ба ?
Жоқлаў айтып жары жасқа қайттың ба ?
Айралыққа арнап қосық айттың ба ?
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Гүлим дедиң мендей сулыў қызыңды,
Ақ сүтиңди ақлайжақпан дузыңды.
Ақтармадың ишки нама сазыңды,
Анажаным көзлериңде бир сыр бар…
Қанша мийнет көрдиң өткен өмирде,
Тапланған мийтиндей уқсап теми